8 Aug 2026, 02:09 UTC23 views3 reactionsread 8 August 2026 Муҳаббат көлинде жүзер аққуўлар
Жанғанлықтан әрманлаған ығбалы,
Умытып дүньяның бар ғалма-ғалын,
Бахытлы өмирдиң болып тымсалы,
Муҳаббат көлинде жүзер аққуўлар.
Ҳаўазасы шығып елден еллерге,
Садықлығы дәстан болып тиллерде,
Жүрек жағысларын бөлеп гүллерге,
Муҳаббат көлинде жүзер аққуўлар.
Бәрҳа бир-биреўин қәстерлеп жасап,
Бул өмирдиң ырысқысын тең асап,
Айралық күнлерин арқаға таслап,
Муҳаббат көлинде жүзер аққуў…
🔥2👍1
8 Aug 2026, 02:06 UTC24 views2 reactionsread 8 August 2026 Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
Бизлер оның узын, тар қызыл көйлегине, басына ярым шелек сыяқлы, жуқа орамал таққан бас кийимине, күлип турғандағы жарқылдап көринген аппақ тислерине, ойылып турған күлгишлерине ықлас пенен қарадық. Сулыў ҳаял:
- Дурды кел, досларың келди, - деп таза отаў тәрепке даўыслады.
Дурды жуўырып шығып: "Қәне кетиң, сизлерди ким шақырды, бәрибир киргизбеймен" деп алдымызды кес-кесл…
❤1👍1
7 Aug 2026, 11:44 UTC44 views3 reactionsread 8 August 2026 Video
"Assalawma áleykum, Qaraqalpaqstan!" 07.08.2026 Sociallıq tarmaqlar arqalı bizdi baqlap barıń: 👇 👇 👇 …
👏2👍1
7 Aug 2026, 02:10 UTC35 views4 reactionsread 8 August 2026 Жаслық толғаныслары
Қалғысы келеди бәрше жас болып,
Бул пасылдың қандай бар мәргиясы?
Шыңларды гөзлерсең күшиңе толып,
Кеўилде парлайды үмит қуяшы!
Арзыў-нийетлердиң жоқ сан-санағы,
Қулшындың бәрине жетиўге тынбай.
Дус келсе турмыстың аўыр сынағы,
Өзиңди тез тиклеп аларсаң сынбай.
Жан дүньяңда ғумша ашып сезимлер,
Қәдем қойдың муҳаббаттың бағына.
Жақты өмир сондай гөззал сезилер,
Еслерсең соңынан бәрин сағына!
Өми…
👍3❤1
7 Aug 2026, 02:03 UTC34 views4 reactionsread 8 August 2026 Наржан Атабаева
Бул муҳаббат еди...
Повесть
(Жаслықты сағыныў)
I бөлим
Дурды үйленди
Сегизинши классты питкеретуғын жылымыз бәҳәрде классласымыз Дурды үйленди. Азанда асығып шығайын деп атырсам, достым Қатша келди.
- Таза көйлеклериңди кийиўди умытпа, бүгин түркмен аўылға Дурдыникине барамыз. Таза келиншектиң қолынан шай ишемиз. Жоқарғы жақтағы әжағасы Қара да келипти. Қосық айтып бериўи де мүмкин.
Тар дәлизде туфл…
👍3❤1
7 Aug 2026, 02:02 UTC30 viewsread 8 August 2026 File
File, posted without a caption
6 Aug 2026, 02:13 UTC154 views6 reactionsread 8 August 2026 Өмир китабы
Оқығың келеди оқыған сайын,
Байытып барады кеўил сарайын,
Берген сабақларын тилге алайын,
Бизди адам еткен өмир китабы!
Оның баслы қаҳарманы өзимиз,
Жазылады айтылар ҳәр сөзимиз,
Дәл анық айтылады минезимиз,
Шаң баспай оқылар өмир китабы!
Сүрнигермиз егер оқысақ шала,
Өзлестирсек парықланар ақ-қара,
Кем-кемнен адамды етеди дана,
Көзимизди ашқан өмир китабы!
Ҳәр бапта керекли мол билимлер бар,
Маңызын ш…
👍3🔥2❤1
6 Aug 2026, 02:10 UTC39 views7 reactionsread 8 August 2026 Гүлайша Есемуратова
Ким тыңлайды муңымды...
Ҳарамы ким, ҳадалы ким, оны айыратуғын заман жаңа келди, - деп қайтарды келинин Атекеңниң әкеси.
- Ҳәй қойсаңа, маған тарийхыңды! Өткен заманның өлеси сағалы менен сөйлеспеймен. Балаң келмеске кетти. Заман меники, не сөйлесем де, не ислесем де заманыма жарасады. Ҳәмме заманның гүзетшиси болып, сендей көп жасаўдан қудай сақласын, - деп келиншек бултаңлаўы менен қапыны қатты …
👍3❤2🔥1🙏1
6 Aug 2026, 02:08 UTC37 views2 reactionsread 8 August 2026 Хүрметли устазлар, заманласлар! Жаслар поэзиясынан, публицистикасынан жаңа дөретиушилик шығармалар менен танысқыңыз келсе, мәрхәмат. https://t.me/joinchat/AAAAAE7mInANnwgc6l9qbQ
❤1👍1
5 Aug 2026, 15:16 UTC43 views5 reactionsread 8 August 2026 Photo
Жығылып қалыўдан үмитим сақлап,
Жетелеп апарар бахытлы күнге.
Кеўил уясына жағар шырақлар,
Адаспаўым ушын қараңғы түнде!
@BaxitliSaribaev
🔥4❤1
5 Aug 2026, 02:15 UTC45 views4 reactionsread 8 August 2026 Гөззаллық салоны
Сыртқы көринисим болсын деп көркем,
Ҳаял-қызлар умтылады бул жерге.
Салоншы қызлардың хызмети үлкен,
Сүйсинерсең қол дөреткен өнерге.
Өмир гүллерине шырай бағышлап,
Жүзге, қасқа, шашқа пардоз береди.
Көплер бул дәргайды жүрер алғыслап,
Гөззаллықты бәрше жақсы көреди.
Шәмендеги ең бир сулыў лаладай,
Арыў қызлар ашылысып кетеди.
Гүзетермиз көзимизди алалмай,
Жанымыздан қулпы дөнип өтеди.
Қәлеймен ке…
👍3❤1
5 Aug 2026, 02:08 UTC38 views4 reactionsread 8 August 2026 Гүлайша Есемуратова
Ким тыңлайды муңымды...
Юбилей басланып кетти. Атекең кешигип келди. Бирақ, талайы төмен. Жүзинде күлки жоқ.
- Ҳаў, шабазым, мениң азандағы еркелегениме, еле бултыйып жүрсең бе? Мен қашшан-ақ умыттым ғой. Сен де умыт. Сеннен ҳеш қайда кетпеймен, - деп мойнына асылды. Деген менен, Атекең билдирмегендей болады, бирақ ишин өрт жалап тур. Себеби бүгинги жыйналыс "боз"лы ағасының жүдә еркелеп кеткенлиг…
👍3❤1
Showing the 12 most recent of 20 posts we hold for @xalqaynasi. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.