24 Mar 2026, 04:47 UTC60 views1 reactionsread 11 August 2026 Photo
***
Гүзекте нәл егип ышқы бағына,
Мийўе берер дейип ынтығып күттим.
Жан-жағын жайнатып, гүл менен безеп,
Төгинниң орнына меҳримди төктим.
Әтирапын қоршадым шеңгеллеп беккем,
Тири жәнлик зыян жеткермесин деп,
Көклемде күн жылып, көркейген сайын,
Сол нәлге байланды мениң есим тек.
Күнлердиң күнинде жарылды маған,
Кеткен емиш шеңгел жанына тийип,
Қорқаман, мен соннан елеге шекем,
Бир мал оны ғайзап кетер ме дейип...
…
🔥1
22 Mar 2025, 06:09 UTC609 views9 reactionsread 11 August 2026 Photo
***
Ышқымның иргеси — нәзик сес пенен,
«Сәлем!», — дедиң бирден қолыңды тутып,
Қоллар байланғанда кеттим дүньяның,
Жаным, ғалма-ғалын бирден умытып.
«Паҳ, буныңдай мамық және қайда бар?,
Келмес сирә оны қойып жибергим», —
Деп турғанда қарап отлы көз бенен,
Суўырып алдың-ғой тәнниң жигерин.
Қоллар жаздырылды, әттең-әй, әттең...
Көзиңе түсиўге тырыстым епли,
Онша хош көрмеген оқыўымды да,
Сүйип қалғандайман өзиң себ…
❤6🔥3
15 Mar 2025, 04:51 UTC183 views7 reactionsread 11 August 2026 Photo
О БӘҲӘР
О бәҳәр, сен не деген бахытлысаң,
Қәйтеди сол бахытты сарқыт қылсаң?!
Әйне ҳәзир бәринен жақын өзиң,
Тыңлайсаң ба, дәрт төгиспек бәзим қурсам?!
О бәҳәр, сен жоқта көз не көрмеди,
Биреўлер бир сөз ушын мың жерледи,
Билгеним, жерден шын дос табыў мүшкил,
Барлығы аспан киби өзгермели.
О бәҳәр, пәм дарағы қуўрап атыр,
Тулғалар қәбиринде шырлап атыр,
«Көзлерине май питкен» атабийзар,
Өлген әкесин әбден пуллап а…
👍3👏2❤1🔥1
10 Feb 2025, 19:18 UTC210 views9 reactionsread 11 August 2026 Photo
Бүгин Устазымыз, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровты туўылған күни менен қутлықлаў ушын бардық.
Устаздың кеўили көтерилип, өзиниң ақ пәтиясын берип, ағалық нәсиятларын айтты.
Қарақалпақ әдебиятының омыраўлы тулғасы бүгин өзиниң 73 жасын қарсы алды.
Устазымыз алдымызда аман болсын.
@QRJas_doretiwshiler
👍9
3 Feb 2025, 17:40 UTC288 views14 reactionsread 11 August 2026 Photo
* * *
Өзиң барда дүнья маған кең көринди,
Қайғы, ғам ортада тең бөлинди.
Ҳақтың инәмында мин болмас еди,
Қалайша, опа саған кем берилди?!
Ким ойлапты ўәделер бузылар деп,
Инандым сөзлериңниң дузы бар деп.
Аспанға миллион жулдыз жайып едим,
Оның «сүйемен» деген сөзи бар деп.
Желкемди сен тар көрип айға уштың,
Найза қадап шеп жағына тағы төстиң.
Мен биреўдиң өмирин гүллетсем де,
Енди сен болалмайды, маған ҳешким…
👍10👏2🔥2
Channel created
Showing the 6 most recent of 6 posts we hold for @bekbergen_adilbaev. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.