5 Aug 2026, 18:55 UTC137 views11 reactionsread 7 August 2026 #күлиу_уақты
ҮШ ТАЛ ШАШ
(ел аузындағы анекдот)
Қарақалпақ - қырсық сөздиң устасы...
Анекдотты баслайын мен қысқасы :
Ертеректе жасап өткен бир сулыу,
Сол сулыудың болған екен үш шашы...
Үш тал шашы жарасады соныңдай,
Не бир жигит пидә болды жолында.
"Почти кәл" деп ойламаңлар ол қызды -
-он бес кәлдиң тәғдири тур қолында.
Үйде жүрер узын көйлек, бешпентте,
Тәрбиялы, тик қарау жоқ хеш бетке.
Күтилмеген хабар кел…
🤣8👍3
3 Aug 2026, 08:33 UTC130 views8 reactionsread 7 August 2026 "БИР ҚОСЫҚ ЖАЗҒЫМ КЕЛЕР СЕН ТУЎРАЛЫ"
Бир қосық жазғым келер Сен туўралы,
Тез жетип жүрегиңе баратуғын.
Арадан неше жыллар өтседағы,
Өшпестен кеўилиңде қалатуғын...
Бир қосық жазғым келер, өшпейтуғын,
Қағазды отқа жағып таслағанда,
Муңайсаң ләблериңе күлки сыйлап,
Жубатар көзлериңди жаслағанда...
Бир қосық жазғым келер, көз алдыңнан,
Ашсаң да, жумсаңдағы кетпейтуғын,
Дүняның мың-мыңлаған дәстанлары,
Соның бир қатар…
👍7❤1
3 Aug 2026, 02:30 UTC148 views1 reactionsread 7 August 2026 САМАЛЫМ
Сәл самалға тербеледи жас жаным,
Ўақыт қурғыр, зымырайды қас-қағым.
Балалығым қайта келмес — тарийхым,
Балалығым — жазылмаған дәстаным.
Узын жолда ентигеди өмирим,
Жыллар өтип басылар ма солығым.
Балалығым — жүрегиме сағыныш,
Енди қайтып берер дейсең оны ким?!...
Патшалығым қалып кеткен көшеге,
Сары жарпағым бирим-бирим төселер.
Мейли, жаным тыным таппай тербелсин,
Ўа, самалым, көз аштырмай есе бер...
©Өж…
👍1
2 Aug 2026, 08:05 UTC185 views11 reactionsread 7 August 2026 ШЫНЫБЕК ПЕНЕН РАСУЛ ИНИМЕ ҲӘЗИЛ
ПАРОДИЯ
Үкелерим, үкелерим,
Қарақларым тезирек келиң.
Гербиш, ылайдан қылмаң уўайым,
Не қәлесең бәри тайын.
Темир арба айдайсаң ба?
Шелек пенен ойнайсаң ба?
"Қордай" деген дым алыс па?
Бир ескертип қоймайсаң ба?
Ағаң қайғы жутып отыр,
Азанлы-кеш күтип отыр.
Жалғыз өзи гербиш тасып,
Жиллилиги тутып отыр.
Кемисиң жоқ, толың болсын!
Табысыңның молы болсын!
Қырғызстан жақын емес,
Аман …
👍8❤2🤔1
1 Aug 2026, 16:16 UTC208 views15 reactionsread 7 August 2026 Photo
Photo, posted without a caption
👍12❤3
Signed Бахадыр
23 Jul 2026, 03:27 UTC381 views13 reactionsread 7 August 2026 Адам баласы туўылғанда бир ғана өмирге ийе болады (яғный туўылғаннан өлемен дегенше аралыққа) ҳәм оны өзи басқарады... (Тәғдийрин өзи жазады, ҳәммесин өзи бар қылады, ҳәммесин өзи жоқ қылады... Мүсиўбетти қудайдан көриў ақымақлықтың ең бийик дәрежеси)
Ал, енди сондай адамлар бар, оларда еки өмир болады. Олар екинши өмирин ҳәтте көз алдына да келтире алмайды. Олардың биринши өмири қарапайым (жаңағы айтқанымдай) бизле…
👍11❤2
22 Jul 2026, 17:12 UTC320 views12 reactionsread 7 August 2026 ....*...*...*....
Билемен, сыйдырмайды мени араға,
Мен сөйлесем барлығы кери қарар.
Достым, қырсыққаным—қырсыққан,
Жүз жылдан соң барлығынан кек аламан...
Арзан емес, сөзлерим тегин еди,
Еситип билмегенлер не биледи?!
Арзан сөздиң ийелери шалқый берсин,
Жүре берсин күнге тутып кегирдегин.
Ондайларға көзим пискен, қатқан денем,
Мақтаў айтқанларға бахыт баққанбекен?!
Ақты — қара, қараны — ақ дей алмайман,
Балағыма д…
👍8❤4
19 Jul 2026, 14:18 UTC310 views8 reactionsread 7 August 2026 Forwarded from @parahat1982
×××××
✍ Парахат. Сулайманов.
Саям тығыларға жер таппай атыр,
Гулим қуяш пенен қалды жекпе-жек.
Гүресип киятыр сонда да пақыр,
Түнде жалынады Айға кетпе деп.
Соңғы айтқан сөзин аңлай алмадым,
Тилеклес жулдызлар ақты да кетти.
Көзим көрип турып қорғай алмадым,
Сулыўлық бир гүлдиң басына жетти.
Сизге сабыр берсин, атажақ таңлар,
Қараңғылық жутқан әрманлар қанша.
Жаўынгерлик руўхы өлмеген жанлар.
Өжетлер тис қайрар та…
🔥8
18 Jul 2026, 16:48 UTC323 views11 reactionsread 7 August 2026 ШАРАСЫЗ ГҮЛ
Бир гүл өсти ортасында саҳраның,
Оған теңеў мүмкин емес басқаны.
Шаң хəм шөлге дым шыдамлы деседи,
Солай етип жаратыпты Ҳақ Тəңирим...
Ол да ҳешгəп көплер оны өкситти,
Талай дəўир кəрўанлары женшипти.
Тамырының бекемлиги соншелли,
Бойын тиклеп тағы қайта өсипти.
Тосып көрди суў келерлик сағасын,
Көрсетпестен кетти теңиз қарасын.
Қəддин бүкпей өсе берди шайқалып,
Көрген адам услар еди жағасын.
Суўсыз т…
👍6😢3👏1🔥1
18 Jul 2026, 16:45 UTC271 views17 reactionsread 7 August 2026 Photo
Бул миллеттиң шайырлары саў турса,
Қарақалпақ тили өлмейди жора.
Өжет БАЙНАЗАРОВ
https://t.me/baxadir_bainazarov
👍17
18 Jul 2026, 16:32 UTC267 views8 reactionsread 7 August 2026 * * *
Бир гезлери мен бәринен шаршайман,
Шаршайман да, қаларым бар түңилип.
Тәғдир деген уста екен ойында,
Жүрис қылып, қала берсем жеңилип,
"Ойнамайман" дейип айтқым келеди...
Бир гезлери мен бәринен шаршайман,
Шаршайман да, кеңге сыймай кетемен.
Пуш әрманлар толып жатыр қойнымда,
Соның бәрин қолтығынан жетелеп,
Аўыл бетке қарай қайтқым келеди...
©Өжет БАЙНАЗАРОВ
https://t.me/baxadir_bainazarov
👍7👏1
17 Jul 2026, 11:34 UTC282 views7 reactionsread 7 August 2026 Video
ҚУДАЙ КҮШ-ҚУЎАТ БЕРСИН ҚУРЫЛЫСШЫЛАР
https://t.me/baxadir_bainazarov
👍6❤1
Showing the 12 most recent of 20 posts we hold for @baxadir_bainazarov. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.