24 Jul 2026, 09:19 UTC290 viewsread 8 August 2026 Photo
🎉 Туўылған күниңиз мүбәрек болсын, Ҳүрметли Президент!
🏛Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи жәмәәти атынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевти бүгинги қутлы күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Мәденият, көркем-өнер ҳәм миллий мийрасымызды раўажландырыў жолындағы ийгиликли ҳәм саўаплы жумысларыңызда ҳәмийше үлкен табыслар яр болсын.
Халқымыздың абаданлығы ҳәм е…
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
9 Jul 2026, 12:03 UTC414 views1 reactionsread 8 August 2026 📚 «КИТАПҚУМАР МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТКЕР»
🏛 Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигиниң 2026-жыл 4-июньдеги 140-Р-санлы буйрығына тийкарланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде музей хызметкерлери арасында «Китапқумар мәмлекетлик хызметкер» таңлаўы өткерилди.
🎯 Бул таңлаў музей хызметкерлери арасында китап оқыў мәдениятын раўажландырыў, әдебиятқа болған қызығыўшылығын арттырыў, кәс…
👍1
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
9 Jul 2026, 12:03 UTC301 views2 reactionsread 8 August 2026 Photo
Photo, posted without a caption
👍2
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
9 Jul 2026, 04:31 UTC725 views1 reactionsread 8 August 2026 Photo
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген.
Теңелбай Сәрсенбаев
(09. 07. 1940 - 29. 10. 2000)
@Tengelbay_Sarsenbaev
❤1
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
7 Jul 2026, 06:59 UTC117 viewsread 8 August 2026 Forwarded from @shmirziyoyevPhoto
Islom sivilizatsiyasi I Xalqaro forumi ishtirokchilariga murojaat
—
Обращение к участникам I Международного форума исламской цивилизации
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Signed БЗ
30 Jun 2026, 05:22 UTC464 viewsread 8 August 2026 Photo
🎉 30-ИЮНЬ – ЖАСЛАР КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🎉
✨ Әзиз ҳәм қәдирли жаслар!
🌸Бүгин – келешекке үлкен үмит пенен қәдем таслап атырған, жүреги арзыў-әрманларға толы жаслардың байрамы.
🌟 Жаслық – инсан өмириндеги ең гөззал ҳәм бийбаҳа дәўир. Әйне усы ўақытта үлкен мақсетлер қойылып, жаңа мүмкиншиликлер ашылады.
💫 Сизлер – елимиздиң келешеги, оның раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўының тийкарысыз. Мәмлекетимиздиң ертеңги жетиске…
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
27 Jun 2026, 08:40 UTC411 views1 reactionsread 8 August 2026 Photo
📰✨ 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң күни! ✨📰
🎙Бул кәсиплик байрам – миллий журналистиканың раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған журналистлердиң, тараў ветеранларының ҳәм белсенди блогерлердиң мийнетин қәдирлеў күни болып есапланады.
🎤🖋 Ҳүрметли журналистлер, баспасөз хызметкерлери ҳәм блогерлер!
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз – 27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери…
👍1
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
26 Jun 2026, 11:54 UTC382 viewsread 8 August 2026 Photo
📚 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат
Пайтахтымыздағы 22-санлы мектептиң оқыўшылары өзлериниң Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Палыбекова Зульфия менен биргеликте Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат етти.
Саяхат даўамында оқыўшылар ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебиятының көрнекли тулғалары, халық аўызеки дөретпелериниң дүрданалары, ми…
Signed 🌸𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
15 Jun 2026, 11:41 UTC547 views2 reactionsread 8 August 2026 🌿ТИЛЕЎБЕРГЕН ЕНДИ ҚАЙТЫП ТУЎЫЛМАС🌿
✍ Ибрайым Юсупов
Халық ардақлаған ҳүрметке бөлеп,
Шайырлар ишинде орны бир бөлек,
Қайтар дүнья, болса да жер дөңгелек,
Тилеўберген енди қайтып туўылмас.
💐💐💐
Шайырлықта өзине тән жолы бар,
Сатира ҳәм юморда да қолы бар,
Сөз ғәзийнесинен бәри табылар,
Тилеўберген енди қайтып туўылмас.
💐💐💐
«Көплер қосық жазса, ол болды шай…
❤2
Signed 🌸𝓟𝓲𝓻𝓷𝓲𝔂𝓪𝔃𝓸𝓿𝓪 𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
15 Jun 2026, 11:40 UTC382 viewsread 8 August 2026 📚ӨМИРИМНИҢ ЛИРИКАСЫНАН
✍Тилеўберген Жумамуратов
Дүнья - муҳит, жүздим тасқын ағысын,
Ушыратпадым тоқтайтуғын жағысын.
Жол жөнекей сәлем берип өтсем деп,
Қағып кирдим ярым әсир қапысын.
Небир дослар әрман етти келиўди,
Шоғы сөнди, көрмей кетти елиўди.
Айға жеткен көз тоймастай заман бул,
Жүз жаста да ҳешким сүймес өлиўди.
Ҳәр бир күним-өмирдиң бир гербиши,
Ҳәр биреўдиң келер буны өргиси.
«Бир әсирдиң дәл о…
Signed 🌸𝓟𝓲𝓻𝓷𝓲𝔂𝓪𝔃𝓸𝓿𝓪 𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
15 Jun 2026, 11:40 UTC324 viewsread 8 August 2026 Photo
📚 ТИЛЕЎБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ
(1915–1990)
📖Тилеўберген Жумамуратов 1915-жылы 15-июньда Мойнақ районында туўылған.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты ХХ әсирдиң екинши ярымында жасап, дөретиўшилик еткен қарақалпақ әдебиятының көрнекли тулғаларының бири.
🌿 Туўма талант ийеси, дәстүрий импровизаторлық мектептиң даўамшысы, лирик ҳәм философ шайыр сыпатында халық қәлбин…
Signed 🌸𝓟𝓲𝓻𝓷𝓲𝔂𝓪𝔃𝓸𝓿𝓪 𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
2 Jun 2026, 12:06 UTC475 viewsread 8 August 2026 📚✨ӘБИЛҚАСЫМ ӨТЕПБЕРГЕНОВ✨📚
✍️ Әбилқасым Өтепбергенов 1951-жылы 5-май күни Түркменстан Республикасының Гөне Үргенш қаласында туўылған. Орта мектепти тамамлағаннан соң, 1968-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутының тәбияттаныў факультетине оқыўға кирип, оны табыслы питкереди. Мийнет жолын аўыл хожалығы тараўында баслаған жас шайыр соңынан журналистика ҳәм әдебият тараўларында жемисли хызмет етти.
📰1976-жылдан басл…
Signed 🌸𝓟𝓲𝓻𝓷𝓲𝔂𝓪𝔃𝓸𝓿𝓪 𝓝𝓮𝓼𝓲𝓫𝓮🌸
Showing the 12 most recent of 12 posts we hold for @adebiyatmuzeyi. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.