26 Apr 2026, 15:55 UTC950 views16 reactionsread 6 August 2026 Video
Талантлы жаслардан «Гүлнара» қосығы
Кел деген жериңе келдим, келмедиң,
Кетип қалсам, узақ күттим дермедиң.
Сени бунша ким егледи билмедим,
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.
Ядымда кешеги кел деген сөзиң,
Мен билемен келмей қалмайсаң өзиң.
Үмит пенен қарар жолыңа көзим,
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.
Ўəделескен ўакыт баратыр өтип,
Умыттың ба турган достыңды күтип.
Булттан шыққан айдай жүзиң жарқ етип.
Көп кү…
❤10👍4🔥2
28 Mar 2026, 23:11 UTC417 views8 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @bybykhadishawrldPhoto
43 жыл...Жаўынлы гүз.
Ўатан ушын саўашта жүрмиз.
Ызылдаған оқлар ишинде,
Үш ай өтти, тағы келди гүз.
- деген қатарлардың авторы 110 жаста. Ҳәммемиз ядладыққо бул поэмадан үзиндини. Тек 1-куплет ядымда екен)
❤8
3 Jan 2026, 15:34 UTC878 views13 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @Tengelbay_Sarsenbaev
Kewliń jaqsılıqqa mákan shayırsań
(Qaraqalpaqstan xalıq shayırı
B. Qayıpnazarovqa)
"Apam ketti, men qaldım"ǵa mantıqpay,
Sóz sarayın aǵıtqansań sandıqtay,
Sózlerińdi qurı dalaǵa qańǵıtpay,
Nıshanaǵa dál tiygizgen shayırsań.
Bir jańa gúzarǵa jańa iz berip,
Kewliń – báhár, kórinisiń – gúz kórik,
Báhár báhár bolǵan yańlı siz kelip,
Báhár ishindegi báhár shayırsań.
Qızıl gúl qıdırǵan júregiń appaq…
❤11👍2
3 Jan 2026, 15:34 UTC679 views4 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @Tengelbay_Sarsenbaev
Кеўлиң жақсылыққа мәкан шайырсаң
(Қарақалпақстан халық шайыры
Б. Қайыпназаровқа)
"Апам кетти, мен қалдым"ға мантықпай,
Сөз сарайын ағытқансаң сандықтай,
Сөзлериңди қуры далаға қаңғытпай,
Нышанаға дәл тийгизген шайырсаң.
Бир жаңа гүзарға жаңа из берип,
Кеўлиң – бәҳәр, көринисиң – гүз көрик,
Бәҳәр бәҳәр болған яңлы сиз келип,
Бәҳәр ишиндеги бәҳәр шайырсаң.
Қызыл гүл қыдырған жүрегиң аппақ,
Аңсат…
❤3👍1
20 Sept 2025, 09:45 UTC943 views13 reactionsread 6 August 2026 Photo
2025-жылы Москвада жарық көрген II томлық «Антология каракалпакской поэзии» жыйнағының 2-томында шайыр Байнияз Қайыпназаровтың қосығына да орын берилди.
Антологияның жарық көриўинде шайыр, эссеист Сағынбай Ибрагимов белсенди болды.
Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
👍8❤5
18 Sept 2025, 02:33 UTC660 views4 reactionsread 6 August 2026 Жасай бер сен, Кеңесбай
(шайыр Кеңесбай Рахмановтың 50 жыллық юбилейине)
Түнлерде тыншымай терең ой сүрип,
Кеўилге қонымлы сулыў сөз терип,
Жолмурза ағаның жолынан жүрип,
Изимизди баса шыққан Кеңесбай.
Қағаз-қәлем алса арқасы қозып,
Уллы әрман шыңларына қол созып,
Талай сөзге дилўар жүйриктен озып,
Иркилместен шыға шапқан Кеңесбай.
Ҳасылды излесең табылар тастан,
Ақылды излесең шығады жастан,
Жүректе йош жигер, та…
❤3🎉1
25 Aug 2025, 04:52 UTC821 views14 reactionsread 6 August 2026 Photo
Сөз маржанын дөретемен дәс берсе,
Оқығанлар кеўли толса, хош көрсе,
Халқым көтермелеп илҳам, йош берсе,
Толқынлы дәрьядай тасып өтермен.
Өмиримниң урқаны турса гүл атып,
Илҳам перилерин шайқап оятып,
Шийрин сөзлер таўып журтқа унатып,
Еле тилден дүрлер шашып өтермен.
Байнияз Қайыпназаров
Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, гүлқумар жан, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың туўылғанына 109 жыл толып а…
❤12🔥1😁1
15 Apr 2025, 08:50 UTC≈1,540 views19 reactionsread 6 August 2026 КӨК ЕМЕН
(баллада)
Қырық үшинши жыл. Жаўынлы гүз,
Ўатан ушын саўашта жүрмиз,
Ызылдаған отлар ишинде,
Үш жаз өтти. Тағы келди гүз.
Шинельлер суў. Жүрдик илгери,
Өлимди де писент қылмадық.
Басқыншылар ҳүжимге өтти,
Биз де аттық. Аттық тынбадық.
Оққа ушқан өликлерине,
Қарамастан басып келеди.
Өлмегени шегинер емес,
Бар қуралдап атып келеди.
Ғазеп пенен қарап душпанға,
Кекли солдаттай тур көк емен.
Шақаларын шырпыса …
👍14❤4🔥1
13 Apr 2025, 06:42 UTC751 views7 reactionsread 6 August 2026 ТУЎЛА, ТЕҢИЗ
Самал шайқап толқып турды,
Балтик теңиз мөлдир суўлы,
Мен алыстан аңсап келдим,
Айдыныңды үйрек, қуўлы.
Жатсынбайсаң жақын келсем,
Жағаңда қыдырып жүрсем,
Бултсыз күнги аспандайсан,
Көлемиңе қарап көрсем.
Шағалалар шаңқылдасып,
Ғазлар ушар ғаңқылдасып,
Ақ көбикли асаў толқын,
Жарға урар шуўылдасып.
Өркешленип толқын келер,
Пәтке минип толқып келер,
Алға қарай еңтерилип,
Бирин-бири жулқып келер.
Аўда…
👍4❤3
19 Jan 2025, 08:14 UTC≈1,780 views15 reactionsread 6 August 2026 Байнияз Қайыпназаровтың өмирбаяны, мийнет, дөретиўшилик жолын төрт тилде интернетке қойдық:
қарақалпақ тилинде
қырғыз тилинде
қазақ тилинде
өзбек тилинде
Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
❤13👍2
4 Sept 2024, 05:16 UTC≈2,870 views7 reactionsread 6 August 2026 Photo
ТОЛАДЫ КЕЎЛИМ
„Әлипбе“ ден баслап оқыған күнлер,
Билим шыңын гөзлеп шулғыған күнлер,
Бир биреўди көрсек түседи еске,
Көзиме елеслеп өтеди әсте.
Ўақыт өтти, талай оқыўлар питти,
Жасымыз, ойымыз толысып кетти,
Буйра шашымызға ақ араласты,
Бул ақ басымызға тән ақ жарасты.
Оқыған жыллардың алып есесин,
Ислеп жүрмиз елдиң тапсырған исин,
Хызметимиз халыққа жараса жақсы,
Басып өткен жолға қараса жақсы.
Сонда ислеримиз …
❤4👍2👏1
30 Aug 2024, 12:13 UTC≈1,330 views8 reactionsread 6 August 2026 (Б. Қайыпназаровқа)
Жүреги тыңлаған самалдың сестин,
Гүлге ашық болмас оныңдай ҳеш ким,
Сөзлердиң дизбеги мөлдир булақтай,
Келеди тап мийриң қанғанша ишкиң.
Ўатанның сарғайған қәдирлеп шөбин,
Мийримиң кебирге еткендей төгин,
Қосыққа қосты да таслады кетти,
Излесек таппаймыз шайырды бүгин.
Бес күнлик екен дә, әттең-әй бир кем,
Қулата алады таўларды бекем,
Бирақ халқын сүйген қәлби гүл инсан,
Дүньяға қайтадан келер …
❤5👍3
Showing the 12 most recent of 15 posts we hold for @Bayniyaz_Qayipnazarov. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.