5 Aug 2026, 03:54 UTC375 views5 reactionsread 6 August 2026 Муңлы бесик наласы.
(Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим)
Мен шығындыға шыққан бесикпен.
Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман...
Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?!
Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да…
🔥3❤2
Signed Shahzoda Allamuratova
5 Aug 2026, 03:54 UTC400 views12 reactionsread 6 August 2026 Ең болмаса мешитке апарып тасла найсап.
Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди.
Бесик кийели дүнья.
Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен...
Мен бесикпен ,мен Анаман!
Мен бесикпен,мен атаман!
Бесикти нәрестеден айырмаң!
Нәрестени бесиктен айырмаң!
Бесик-атаң,
Бесик-анаң!
Оралхан Сапарова.
4-август,2023
👍6🔥4❤2
Signed Shahzoda Allamuratova
5 Aug 2026, 03:53 UTC221 viewsread 6 August 2026 Photo
Photo, posted without a caption
Signed Shahzoda Allamuratova
13 Jun 2026, 13:22 UTC≈2,080 views0 reactionsread 6 August 2026 КЕСЕ АЛЫСЫЎ ДӘСТҮРИ
КЕСЕ АЛЫСЫЎ ДӘСТҮРИ~Қарақалпақ жасларының той-мерекелерде, гештеклеринде, бас қоспа отырысларында қыз-жигитлерден зийреклик, тапқырлық, итибарлылық талап етиў менен бирге ҳәр бириниң әдеплилиги, көргенлилиги, жоқары адамгершилиги сынға түсетуғын дәстүрлерден бири болып есапланады.
Қыз-жигитлер той-мерекелерде, айырым ўақытларда бир-бири менен дийдарласыў, көрисиў, кеўиллерин билд…
Signed Shahzoda Allamuratova
13 Jun 2026, 13:22 UTC≈2,970 views12 reactionsread 6 August 2026 Қыз:
~Кесе берсең, толы бер,
Орта кеседен бийзарман,
Ҳәрне берсең, ҳәзир бер,
Несийеден бийзарман.---деп, ямаса басқаша етип:
~Аўзымызда палымыз жоқ,
Жүзимизде қалымыз жоқ,
Сизиң берген шайыңыз ушын,
Жуўап урар ҳалымыз жоқ,---дегендей болып келеди.
Қыз--жигитлер отырыспасы~халықтың келбетин: мәдениятын, әдеп--икрамлылығын, адамгершилик үлгилерин көрсетиў нызамлылықларына бойсынған. Ҳәр…
👍9❤3
Signed Shahzoda Allamuratova
13 Jun 2026, 13:21 UTC≈1,340 viewsread 6 August 2026 Photo
<<Кесе алысыў дәстүри>>
t.me/shahzoda_allamuratova
Signed Shahzoda Allamuratova
12 Jun 2026, 07:06 UTC≈1,170 views8 reactionsread 6 August 2026 ГҮРИШТЕН ТАЯРЛАНАТУҒЫН МИЛЛИЙ ТАҒАМЛАР
САЛЫ~ дүнья жүзиниң көплеген еллеринде егилетуғын дәнли дақыллардың бири. Салы~ыссылықты, қуяш нурларын суўды көп талап ететуғын өсимлик.
Топырақтың ыссылығы 12~15° жыллылыққа ийе болған ўақытта егилип, өз ўақтында жаўын-шашынға қалдырмай жыйнап алыныўы керек. Егер де жыйнап алыў кешиктирилсе егиўге де болмайды, писпей қалады.
Салы егип болыныўдан суў…
👍5❤3
Signed Shahzoda Allamuratova
12 Jun 2026, 07:03 UTC552 views4 reactionsread 6 August 2026 Photo
<<Гүриштен таярланатуғын тағамлар>>
t.me/shahzoda_allamuratova
👍4
Signed Shahzoda Allamuratova
10 Jun 2026, 09:52 UTC≈1,260 views11 reactionsread 6 August 2026 ЕРИЎЛИК БЕРИЎ
<<Ел үстине ел келсе~ол да елдиң дәўлети,
Ел үстинен ел кетсе~ол да елдиң мийнети>>
Халық нақылы
Елге жаңадан көшип келген шаңарақты, ямаса аўылды жатырқамай, жатсынбай қарсы алып, оларды кең пейиллилик, шын ықлас пенен күтип алыў~Қарақалпақ халқының қанына сиңген жақсы пазийлетлериниң бири.
Аўыл үстине аўыл, ел үстине жаңа шаңарақ көшип келгенде, оларға қолдан к…
❤9🎉1👍1
Signed Shahzoda Allamuratova
10 Jun 2026, 09:51 UTC635 views4 reactionsread 6 August 2026 Photo
<<Ериўлик бериў>>
t.me/shahzoda_allamuratova
❤4
Signed Shahzoda Allamuratova
5 Jun 2026, 04:33 UTC738 views9 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @kketnografiyaPhoto
ҚЫТАЙ АРЫСЫ,
ТƏҢКЕ урпақлары сораўлары бойынша қысқаша түсиниклеме:
Қарақалпақтың тоғыз туўлы Қытай арысынан тарайтуғын тайпалардың бири - Қалқанлылар. Аты қарақалпақтың атын шығарған Қалқанлы тайпасынан Теңей, Меңей урпақлары дөреген. Теңейден Тəңке топары шығады. Тəңке туқымлары тек батырлығы, қайсарлығы менен ғана емес, қара қылды қақ жарған əдиллиги менен де, қысылшаң жерде жол тапқан тапқырлығы менен де көпке б…
❤8🥰1
Signed Shahzoda Allamuratova
28 May 2026, 16:23 UTC753 views9 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @allanazar07
Қарақалпақ халқының урыўға бөлиниўи ҳаққында.
Майқының баласы неге урыўға бөлинди? Бурынғы қариялардың сөзи бар: Қыпшақтың туқымы мал урлайды. Ҳеш бир малдың ен тамғасы болмайды. Әлибектиң туқымы тамға салады. Малдың оң аяғында бир белги болады. Сол аяғында қос белги болады. Сол себепли қостамғалы атанған. Досан менен Байман еншилес болған. Малларына туғыр тамғалар салған. Өнип-өсип, бир-биринен айрылған. «Балғалы х…
❤6👍3
Signed Shahzoda Allamuratova
Showing the 12 most recent of 19 posts we hold for @shahzoda_allamuratova. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.