14 Nov 2025, 08:46 UTC520 views22 reactionsread 9 August 2026 Ҳүрметли актёр Балтанияз ҚАЙЫПОВТЫҢ 80 жыллық тойына арналған ҳәзил дегишпели арнаў қосық
Ғаррылықтың жүгин артып еңсеңде,
Жетип келдиң аға бүгин сексенге.
Гей биреўлер алпыс жасқа толмай ақ,
Сақал қойып оранып жүр шекпенге.
Сексен жасқа келсеңдағы еле сен,
Жаслар менен қәдем таслап келесең.
Еки бетиң үтик басып қойғандай,
Шашларыңды қыраў шалған демесең.
Өмир қысқа бармақ бүгип санасаң,
Ҳеш ким билмес не қалғаны…
👍16❤3👏1🔥1🥰1
8 May 2025, 12:13 UTC598 views17 reactionsread 9 August 2026 АРБА
Шунда Қаңлы уста болды,
Қағып – соғып арба қылды.
Бердақ
Түрик Қаҳанат тусында,
Оғузлардың көсеми,
Шақырып Қаңлы устасын,
Буйыртпа берген деседи.
Еркин көшип қоныўға,
Жаратасаң арбаны,
Кирис ағаш жоныўға,
Деп берипти Пәрманын.
Сол дәўирде дөрепти,
Жуп дегершик тилсимат,
Халық усылай дөретти,
Сен ҳаққында рәўият.
Сен соңы…
👍12🔥3❤2
4 Apr 2025, 08:52 UTC≈1,260 views16 reactionsread 9 August 2026 АЎЫЛҒА ҚАЙТПАЙСАҢ БА, САҲИБЖАМАЛ ?
Өзиң жүрген жолларың, адырларың,
Сени күтип таўсылды сабырларын,
«Шоқ тораңғыл» таманға бәҳәр келди,
Аўылға қайтпайсаң ба қәдирданым ?
Туўған жер баўырында кеўил жазып,
Тынығып тәбияттың тыңлап сазын,
«Бақсы жап»қа суў келди бурқасынлап,
Аўылға қайтпайсаң ба қоңыр ғазым ?
Үмит пенен жол қарап өтер күним,
Татлы ойлар тербейди бермей тыным,
«Шоқ тораңғыл» тәрепке қуслар қайтты,
Аў…
🔥7👍6❤2🥰1
1 Apr 2025, 05:12 UTC562 views10 reactionsread 9 August 2026 БӘҲӘР КЕЛДИ ИЙШАН ҚАЛА БАҒЫНА
Ағын суў толтырған «Тентек» арнаны,
Быйыл қалың болар халқымның наны,
Халқабадтың жулдыз толы ақшамы,
Жақтырақ көринер бүгин тағыда,
Бәҳәр келди Ийшан қала бағына.
Бул соңғы ақша қар бәҳәрден дерек,
Наўрыз әйямы ҳәм келгени демек,
Уясын қурыпты бир жуп өпепек,
Нәжим ийшан еккен гүжим жағына,
Бәҳәр келди Ийшан қала бағына.
Ериклер гүллеген, алмада бүртик,
Пал ҳәрре аймалар ҳәр…
👍8🔥2
21 Feb 2025, 09:14 UTC734 views9 reactionsread 9 August 2026 НӘПСИ БӘЛЕСИНЕ ЖОЛЫҚҚАН БЕНДЕ
Ой – қыялын бийлеп, мәккар кисилик,
Өмирге басқаша онда түсиник,
Көзине май питип, турар исинип,
Нәпси бәлесине жолыққан бенде.
Пайда қуўып, бәрҳә таңлары атар,
Нәкес ислер қылып, зинаға батар,
Ҳәмел ушын ҳәтте намысын сатар,
Нәпси бәлесине жолыққан бенде.
Пинҳам жайда ойнас тутар шырайлы,
Ҳаялы ишқәсте, иштен жылайды,
Ядынан шығарған қәдир – қудайды,
Нәпси бәлесине жолыққан бенде.
С…
🔥4❤2👍2👏1
6 Feb 2025, 09:04 UTC540 views9 reactionsread 9 August 2026 АҢСАР
(Уллылар жолына бир қосық)
Дүнья инсанға аманат,
Мәңгиликке жоқ кәпалат,
Қыял қуўып ушса ҳаўалап,
Жети ықлым жамалын аңсар.
Бесиктен шекем қәбирге,
Таўсылмас әрман өмирде,
Жолықса инсан жәбирге,
Тәңирим мәдатын аңсар.
Көп нәрсени аңсар бенде,
Әзийз жаны турса тәнде,
Қуда сүйген нәзеркерде,
Туўрылықтың жолын аңсар.
Кексе аңсар жигит ўақтын,
Жаўан қызлық тажы – тахтын,
Кимлер қулы даңқ атақтың,
Сулайман жүзиг…
🔥6❤3
25 Jan 2025, 03:54 UTC624 views13 reactionsread 9 August 2026 Бир кимсеге
Мәжлисте соншама лепирип сөйлейсең,
Өзиңди көп мақтап көпирип сөйлейсең.
Өзиңше билимпаз билгиш пирғаўын,
Сөйлейсең жиберип тилдиң жылаўын.
Кеўлиң геўгим тартқан көзлериң ҳайяр,
Киси муқатыўға турасаң тайяр.
Турағың жоқ мың қыялға дөнесең,
Басқа питкен сен ҳәм апат бәлесең.
Ҳақ сөзди айтқанды ийттей қабасаң,
Ақыретлер берип, ләззет табасаң.
Азаплар бересең ғәрип пақырға,
Баҳаң-ғой турмайды қара бақырға.
…
👍12🔥1
24 Dec 2024, 15:29 UTC673 views9 reactionsread 9 August 2026 ТАНЫМАДЫҢ БА ?
Мине бүгин ушырастық тосыннан,
Бир нәзер салмадың танымадың ба ?
Дым ғана бийпәрўа өттиң тусымнан,
Әзийзим сен мени танымадың ба ?
Жүректе муҳаббет ышқы кернеген,
Хатлар жазып сирә тыным бермеген,
«Үсен жап» бойынан төте жол менен,
Келетин жигитти танымадың ба ?
Муҳабеттиң салдаўында айдалған,
Дәртли кеўли жалықпастан ойлаўдан,
«Тоғыз үй» тәрептен, арғы жайлаўдан,
Келген сол жигитти танымадың ба ?
…
👍4❤3🔥2
15 Dec 2024, 08:29 UTC≈1,180 views7 reactionsread 9 August 2026 Туўымсаң
(Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағының 30 жыллығына арнайман)
Мийрас қалмасаңда Адам-атадан,
Тәғдийр сени еншимизге атаған.
Суверенли Қарақалпақстан байрағы,
Таўарың бар жүрек деген матадан.
Байрақлар көп дүнья бойлап таралған.
Табыс пенен, байлық пенен оралған.
Оларға да қарасамда сүйсинип,
Сен жаныма дым жақынсан олардан.
Көп наймытлар ҳәррийтип кең танаўын,
Жоқ қылмақшы болды жоқтай сораўы…
👍6🔥1
9 Dec 2024, 13:22 UTC623 views6 reactionsread 9 August 2026 ҚАРАҚАЛПАҚ БАТЫРЛАРЫ
(Бердақ жолына)
Баҳадуры бардур,
Йузгә сәрә – сәр,
Қудадан өзгегәдән,
Етмес қәўәтәр.
Әжинияз
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Ели ушын ерек туўған,
Баҳадырлық жолын қуўған,
Қарсы жаўын талқан етип,
Көкирегин қалқан етип,
Мәңгилик жанған жалындай,
Қаҳарманлық тымсалындай,
Ана - Ўатан топырағында,
Шейит болып жатыр бәри.
Қарақалпақ батырлар…
🔥3🥰3
9 Dec 2024, 13:22 UTC718 views12 reactionsread 9 August 2026 ————-(2)——————-
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қазаяқлы Өтеш батыр,
Өзи салдырған қорғанда,
Мәңги тыныс алып жатыр.
«Қаңлы жап»тың жағасында,
Ярым ақшам шамасында,
Ийнине «дүпен» асынған,
Душпан бастырып тосыннан,
Аўыл иши азан – қазан,
Бенде келер емес аман.
«Дөңгелек көл» әтирапы,
Бул ҳәм яўмыт патыраты,
Өтеш батыр келди жетип,
Жаўдың оң жағына өтип,
«Алла» деп қылыш сермеди,
Зорлыққа көнер ермеди,
Со…
👍6🔥3🥰2❤1
1 Dec 2024, 05:01 UTC≈1,760 views11 reactionsread 9 August 2026 Гимн жаңлар Қарақалпақ тилинде
Инсанды ҳайўаннан тил қылды жүда,
Уллы шайыр жазған түркий тилинде.
Бизди ҳәм жаратқан ол қәдир Қуда,
Сөйлесин деп қарақалпақ тилинде.
Түп тийкары түркий, қыпшақ шеўасы,
Арқалаған әсирлердиң жүгин де.
Жаңғырғандай бәрҳа өтмиш сазасы,
Ески түркий қарақалпақ тилинде.
Ооў жапакеш халқым, қарақалпағым,
Еле жапа шекпектесен бүгин де.
Басыңнан шешилмей матам қалпағың,
Сарсыласаң қарақалпақ…
👍7🔥2🥰1😁1
Showing the 12 most recent of 17 posts we hold for @alimseytekli. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.