4 Aug 2026, 07:13 UTC153 views7 reactionsread 7 August 2026 File
АЙЫРМА
автор. Т. Қарлыбаев
19 февраль. 2020ж.
Кесел бийлеп, жанды қыйнап кемирсе,
Азық бермей паразитлер семирсе,
Төсеклетип аўыр сынаў берилсе,
Тәңирим мени сабырлықтан айырма.
Ҳақтан жанып, наҳақлықлар асқанда,
Ғәзеп минип, қаным қайнап тасқанда,
Ашыў менен ойды шайтан басқанда,
Тәңирим мени басықлықтан айырма.
Дүнья артып, көзиме май питкенде,
Қолды созсам көк аспанға жеткенде,
Ҳәмел алып, халық үмит күткенде,
…
❤5👍1👏1
4 Aug 2026, 06:26 UTC161 views2 reactionsread 7 August 2026 Бабалар мийрасы.
автор Т.Қарлыбаев.
03.07.2020 жыл.
Батырлар қанынан бизге ул қалған,
Ғайбар бүркит сескенеди суңқардан,
Әўладларға туўры тәрбия берсек,
Ушар пегас шығар жүйрик тулпардан.
Бабаларым мәртли жаўынгер еди,
Ҳәтте Уллы Русьқа қәўендер еди,
Сонша күшли қәўим болдық әййемде,
Тарийхта тек жеңген Искендер еди.
Тумарис анамыз Кирди қақсатты,
Массагетлер халық түбирин баслапты,
Қылыш ойнатып ат үстинде әскерл…
👍2
21 Jul 2026, 14:37 UTC385 views6 reactionsread 7 August 2026 Photo
Ашкөзлик.
автор Т.Қарлыбаев.
08.08.2023 жыл.
Бул дүньяға, тек жеў ушын келгенлер,
Өзин болып, өзге асын тергенлер,
Аўызына бес бармақты сыйдырды,
Ашкөз деген нәпси билмес мергенлер.
Қалта толар, оның нәпси тоймайды,
Көзи көрсе алмағанша қоймайды,
Ҳәтте несийбесин туўысқанының,
"Қалай алсам екен-ай" деп ойлайды.
Мәккәр болып, шын достында шалады,
Ислеринен қанша пақыр жылады,
Қыялында бул кең болған әлемди,
Әрманла…
👍6
6 Jul 2026, 06:34 UTC478 views3 reactionsread 7 August 2026 Photo
Ар-намыс
автор Т.Қарлыбаев
16.01.2017 жыл.
Хей ар-намыс, ар-намыс,
Гей биреўде барсаң сен,
Биреўлер саған бийтаныс,
Гей биреўде тарсаң сен.
Биреўлер сени қорғады,
Гей биреўлер қорлады,
Сени деп неше адамлар,
Аш болып талай шорлады.
Биреўлер саған жан берди,
Гей биреўлер қан берди,
Қорқақлар сени жоғалтып,
Саўаштан қашып тəн берди.
Гей биреўди қызарттың,
Гей биреўди бозарттың,
Сени жойтып жигитлер,
Исин қылды нəмə…
👏3
3 Jul 2026, 11:27 UTC458 views3 reactionsread 7 August 2026 Photo
ƏРМАНЛЫ ДҮНЬЯ
Автор. Қарлыбаев Т.
08.07.2017жыл
Күлимсиреп, ай көринер жүзиңнен,
Сəўбетлессек пал тамады сөзиңнен,
Күлки менен жасырсаң да қайғыңды,
Мүңлы дəртти байқадым мен көзиңнен.
Шырайлы боп коллетивте жүресең,
Билдирмейсең, ҳəзиллесип күлесең,
Жумыс пенен алдап сол бир мүңларды,
Тәшўишлерди иш-ишиңнен билесең.
Ойларыңда кеткиң келер алысқа,
Тап қарамай түсип турған табысқа,
Бирақ перзентлериң ушын қаласаң,
…
👍3
21 Jun 2026, 13:28 UTC410 views3 reactionsread 7 August 2026 Photo
Арзыў ырғақлары.
Автор Т.Қарлыбаев.
07.11.2021 жыл
Түнги әдет, тек өзиңди қумсатып,
Қосық жаз дер қәлемиңди жумсатып,
Ортамызда сонша тосық болса да,
Сезим арсыз турар кеўил жумсартып.
Күлки менен қабағыңды жайдырсам,
Қуўанаман жаман ойдан тайдырсам,
Енди маған қойның әрман болса да,
Тек ғана сен пәк туйғыма сайдурсаң.
Ўақыт, жағдай, тәғдир, бәри тур утып,
Шөл қылажақ бағларымды қурытып,
Бирге болыў ойыңда жоқ бол…
👍3
27 May 2026, 04:18 UTC558 views7 reactionsread 7 August 2026 Photo
Қурбан хайт бәршеге мүбәрек болсын
❤4👍3
20 May 2026, 04:21 UTC280 views2 reactionsread 7 August 2026 Пикиримди ярым сөзден уғарсаң,
Ышқы дийдарларға сен де қумарсаң,
Тил-көзден сақлаған күшли тумарсаң,
Мойныма илгенмен өзимди ойлап.
Мейли сениң ушын қаным қайнасын,
Аспанда ушқанда аяқ таймасын,
Висал бағымызда гүллер жайнасын,
Барымды беремен тек сени ойлап.
Қәлбимде қашшан-ақ үйленип болдым,
Ханзадам саған мен бийленип болдым,
Дигирманнан шығып ийленип болдым.
Және не ислейин тек сени ойлап?
👍2
20 May 2026, 04:21 UTC208 views3 reactionsread 7 August 2026 Ышқы қыялынан мийрим қандырып,
Өзим күйип және сени жандырып,
Бос турған жүзикке қасты салдырып,
Әрман кешип кетер тек сени ойлап.
Басымыз айланып бирди он көрип,
Сен қәлесең дүньяны терис тоңкерип,
Ҳайраңлар қалма сен бәрин соң көрип,
Иләҳий күштемен бир сени ойлап.
Қымбатлым өзиңсең тәңир бергени,
Аспанда айымсаң, гүлсең жердеги,
Қызық емес болсын дәстан ертеги,
Романлар жазаман тек сени ойлап.
👍3
20 May 2026, 04:21 UTC214 views3 reactionsread 7 August 2026 Гүлли шәменлерди көп сейил етсең
Сырыңды өзгеге ақтарып төксең
Қабағым ашылмас бийсәўбет кетсең
Кеўилге жақыным мен сени ойлап
Көрискенде қарап қарап урланып
Сенлик сезимлерге жүрмен жубанып
Өмирғой гә жылап гәҳи қуўанып
Бахытқа қол создым тек сени ойлап
Тик минезли толқын атқан сағаң бар
Мени сөзсиз бойсындырар шамаң бар
Сыртымыздан не деседе адамлар
Жасай беремен тек тек сени ойлап❤️
@Karlibaev
👍3
20 May 2026, 04:21 UTC187 views3 reactionsread 7 August 2026 Өзлик баққа жетпес не бир шәменлер,
Сырымды ашалмас арыў сәнемлер,
Ышқымды жазалмас өткир қәлемлер,
Қосықлар дөреттим тек сени ойлап.
Қарасаң көз нурың жүрек теседи,
Сезимлер тосықлы тасты кеседи,
Узақта сен тәреп кеўил еседи,
Қәлбим сағынады бир сени ойлап.
Сенликпен, қысылып көз жаслар төкпе,
Гүманлы ойлардан испесин өкпе,
Сағыныштан сарғайып ишиңнен шөкпе,
Мен де тек жайсайман бир сени ойлап.
👍3
20 May 2026, 04:21 UTC184 views3 reactionsread 7 August 2026 Шөгерим бар ўәдең иске аспаса
Менлик сезимлериң суўый басласа
Сестиң еситилер маған басқаша
Жасаўға қуштарман тек сени ойлап
Сөзлеримди жойып жүрме жаманға
Қызғанышым артса саған жаманба?!
Ышқыңды бурғызып өзим таманға
Жасағым келеди тек күлип ойнап
Дүнья қызық болды жалғаны менен
Басыма мың сынақ салғаны менен
Иләҳий ышқымның дәрманы менен
Қәддим тиклениўде тек сени ойлап❤️
👍3
Showing the 12 most recent of 20 posts we hold for @TurganQarli. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.