23 Jul 2026, 16:49 UTC636 views51 reactionsread 6 August 2026 Photo
Қайерден үй алайық?
Кел, жаным!
Айды аялайық,
Қуяшты қуўалайық,
Жулдызларға жуўырмай,
Жерден жай алайық.
Марста мәс болармыз,
Айда аш болармыз,
Әрманлап аспанды,
Жерден бос қалармыз.
Квартира, домыңды,
Жыйнап тийин, сомыңды,
Биз де үйли болармыз,
Қудай берсе жолымды.
Шөлде, қырда я таўда,
Шет елде ме, атаўда?
Қала жақта қысласақ,
Жазда жайлаў, отаўда?
Китаплардың сал бәрин,
Саламаттың медалларын,
Сыймаса бизиң а…
👍31❤11😁8🔥1
18 Jul 2026, 22:45 UTC664 views3 reactionsread 6 August 2026 https://www.instagram.com/reel/Da83Xk_gt1_/?igsh=aDMxa3dseHgxbGJx
👍3
17 Jul 2026, 18:16 UTC≈1,100 views65 reactionsread 6 August 2026 Photo
Әзербайжанның Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий дүнья жас шайырларының ll халықаралық фестивалында Молла Панаҳ Ўағиф көкирек белгиси менен сыйлықландық.
17.07.2026.
@Allayar_Darmenov
👍50❤9🥰3👏2🔥1
4 Jul 2026, 15:24 UTC≈1,230 views36 reactionsread 6 August 2026 Video
#Венеция_дәптеринен
ТАСБАҚА
Бесигин жаздырар жыласа бала,
Әжел жаздырмайды қанша жулқынсақ.
Қум жағыста жансыз жатқан бийшара,
Тасбақаны тербетеди толқынсақ.
Ол уйқыда, ҳәййиў айтар көк теңиз,
Суў түбинде сайран етер түсинде.
«Кешикти ғо бала» деп гәп етпеңиз,
Турмыз бәримиз әжелдиң есинде.
Қарамы козыдай ессиз жәниўар,
Излеп те атқанды бала-шағасы.
Ақ көбик жөргекке орар толқынлар,
Венецияның өли тасбақасын.
Гө…
👍21😢11❤4
1 Jun 2026, 04:53 UTC≈8,960 views45 reactionsread 6 August 2026 БЕСИКТЕГИ БАЛАНЫҢ СӨЗИ
Айтпа маған космосыңды жаўлаған,
Мына бесигим ең бийик таў маған,
Тас төбемде ҳәййиў айтқан телефон
Эмбрионлық дәўиримнен жаў маған.
Қозып кетсе қәпелимде арқаңыз,
Қурып питер Арал түўе Арқа муз,
Көп боялған балалардың қанына
Шырайлы географиялық картаңыз.
Түс минберден, тоқтат самсам ўазыңды,
Шерт «Балашейит»те муңлы сазыңды,
Сизлер Юнисефте йошып сөйлеңлер*,
Жаў Ғазада қурсын қанлы бәзимди…
❤19👍16😢6🔥4
27 May 2026, 16:33 UTC≈1,710 views31 reactionsread 6 August 2026 Photo
Ассалаўма әлейкум!
Қурбан ҳайыты қутлы болсын.
Байрамда ең үлкен саўғаның ең үлкен ийеси — БАЛАЛАР! Қалаберди, жақында олар өзлериниң меншик байрамына да бизлерден саўға дәме етип отырған болар.
Биз де усы келешегинен үмитимиз мол болған балаларымыз ушын қос байрамда кишигирим базарлық иследик. Буннан 13 жыл илгериде “Жеткиншек”те жәрияланған “Камаздың Тикоға айтқанлары” ертеклер дүркимин китап ҳалында қайта баспағ…
👍16❤8👏7
12 May 2026, 09:02 UTC≈1,420 views43 reactionsread 6 August 2026 Forwarded from @jetkinshek1932Video
✨Jas shayır Allayar Darmenov "Jetkinshek" gazetasınan qálemi ısılıp shıqqan talantlı dóretiwshilerdiń biri.
Ol jaqında dóretiwshilik saparı menen Veneciyada sayaxatta boldı. "Jetkinshek" jáhánge jetelewine jáne bir márte gúwası bolǵanlıǵı haqqında óz pikirlerin bólisti.
✨Bárekella, Allayar! "Jetkinshek"ti jáhánge tanıtıwda hasla sharshamań! Sizge Alla yar bolsın!
Kanalǵa aǵza bolıw ushın:https://t.me/jetkinshek1932
👍27🔥8❤4👏4
9 May 2026, 14:54 UTC≈1,750 views51 reactionsread 6 August 2026 Photo
Венецияның Лидо атаўынан жалынлы сәлем!
@Allayar_Darmenov
👍29❤21🔥1
8 May 2026, 07:12 UTC≈1,280 views11 reactionsread 6 August 2026 https://www.instagram.com/reel/DYETnDPKxt-/?igsh=MW9jdTdrZm9ub3Vyag==
👍7🔥4
5 May 2026, 17:44 UTC≈1,760 views71 reactionsread 6 August 2026 Photo
Ассалаўма әлейкум, жақсылар!
🇮🇹Биз Венециядамыз.
Италияның Венеция қаласында болып өтетуғын халықаралық илажға қатнасыўға келдик.
Өзимизге жақсы тәсир қалдырған мәўритлерди фото, видеоға мөрлеп, инстаграм бетимизге — күнлик историяға салып атырмыз. Бақлап барсаңыз болады.
https://www.instagram.com/reel/DX9iP6uIhsi/?igsh=MXAzMWx4NGthZTF6ag==
@Allayar_Darmenov
👍54🔥8❤6🥰2👏1
Showing the 10 most recent of 10 posts we hold for @Allayar_Darmenov. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.