27 May 2025, 19:05 UTC≈3,610 views8 reactionsread 7 August 2026 ЖИЙЕН ЖЫРАЎ
ПОСҚАН ЕЛ
(Поемадан үзинди)
Ата журты Туркстан,
Онда да паян етпеди.
Күни-түни қыйналып,
Он еки айда тапқаны,
Қыс азыққа жетпеди.
Кемтар болды суўлары,
Ексе егин питпеди.
Жаўгершилик көп болды,
Сансыз адам кырылып,
Ғарга жеген өликке,
Жылға, сайлар көп болды,
Зулымға дады жетпеди.
Адам өлди қан төгилди,
Бийгуна гелле кесилди,
Ақ денели арыўдың,
Бурымлары есилди.
Қолы жеткен шоштыйып,
Үлгисиз тоң пиш…
❤5🔥2🏆1
9 May 2025, 13:06 UTC≈4,550 views19 reactionsread 7 August 2026 Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Досқа дос келеди сырласыўға,
Жаўға жаў келеди мушласыўға.
Асы көптиң тәни семиреди,
Досы көптиң жаны семиреди.
Жан досыңа ат берме,
Ат берсең де «әтсе жүр» деме.
Айрылысатуғын дос аяўлыңды сорайды,
Бермесең бетиңе қарайды.
Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.
Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас.
Жақсы дос ашып айтар,
Жаман дос қасып …
👍10❤9
9 May 2025, 04:01 UTC≈3,500 views9 reactionsread 7 August 2026 Ҳәдден тысқары заўық ҳәм бахытсызлық ортасындағы байланыслылық
Станфорд университетиниң психиатрия ҳәм нәшебентлик бойынша қәнийгеси Анне Лембке "Dopamine Notion" китабында төмендеги мағлыўматларды жазып өткен:
Заўықтын ҳәдден тысқары көбейиўи де машқала
Заманогөй дүняда ҳәр нәрсеге аңсатлық пенен ерисиў мүмкин болып қалды.
(Қумшекери көп) Мазалы яки майлы тез тайяр болатуғын аўқатлар, аңсат табылады.
Технология…
❤4🔥3👍2
8 May 2025, 13:03 UTC≈3,460 views15 reactionsread 7 August 2026 Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Аталар сөзи – ақылдың көзи.
Аңламай сөйлеген,
Аўырмай өлер.
Таяқ еттен өтеди,
Сөз сүйектен өтеди.
Бир күни питип жазылар,
Дарыған тыйық жарасы.
Тил жарасы өмириңше,
Ядыңнан шықпас ызасы.
Мәнисли сөз баҳалы,
Өзи қысқа, өзи жуп.
Сөз мәнисин билмеген,
Сөзди өзине келтирер.
Гүл мәнисин билмеген.
Шақасына зил келтирер.
Тил ушы менен сөйлеме,
Өзиңе азар сөз келер.
Жыллы-жыл…
❤8👍7
8 May 2025, 04:01 UTC≈3,070 views7 reactionsread 7 August 2026 Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Көринип бәле келмейди,
Бәлениң бәри тилиңнен.
Мал шақынан,
Адам тилинен.
Сөзиңди биреў сөйлесе,
Аўзың қызып бара ма?
Отыз тистен шыққан сөз,
Отыз урыўлы елге жайылады.
Елдиң аўзын жаппаға,
Елли ғары бөз керек.
Көп не демейди,
Бөри сабан жемейди.
Көп сөз қуранға жүк.
Дым билмесең үндеме.
Сөзиңди сөйле абайлап,
Сөзден туўар ашшылық.
@naqillar
👍5❤2
7 May 2025, 14:02 UTC≈3,030 views14 reactionsread 7 August 2026 САЎДА САТЫҚ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Азын илекерлеп жарлы өтер,
Көбин қаржыламай бай өтер.
Аталастың саўдасы айында қайтады.
Барында батып иш,
Жоғында сатып иш.
Кесимли пулда өсим бар.
Накастан қарыз етпе,
Қарыз етсең де қарыж етпе.
Уры қасын жейди,
Саўдагер басын жейди.
Қудығына қарай ғаўғасы,
Базарына қарай саўдасы.
Саўдагер бажыдан қашпас.
Саўда сақал сыйпағанша.
Жақсы менен саўда қылсаң керис болмас,
Ж…
👍9❤4🔥1
7 May 2025, 05:01 UTC≈2,790 views9 reactionsread 7 August 2026 #Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер
Қарақалпақ халық сөз шешенлиги өнеринде "атадан алтаў туўып, өле-өле жетеў болды" деген нақыл-мақал, гөне сөз бар. Бул қатарлар шайыр қосықларында да келтирилип өтиледи. Буның түп мағыз - мағанасы не екен?
Астарлап айтар маманлар,
Буның мәнисин ким аңлар
Атадан алтаў туўғанлар
Жетеў болар өле - өле...(И.Ю)
Нақылларың шағып көрсем мағыздан.
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған.
Биз…
👍6❤3
6 May 2025, 14:04 UTC≈2,970 views9 reactionsread 7 August 2026 ҲӘР ТҮРЛИ ӨНЕР-БИЛИМ АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Билимли мынды жығады,
Билекли бирди жығады.
Ақыл жаста емес, баста.
Билгеннин тусындаман,
Билмегеннен өтип баратырман.
Оқысаң озарсаң,
Оқымасаң тозарсаң.
Өзиң билсең өзгеге үйрет,
Билмегенинди үйрен.
Халыққа ис көрсеткен мəрт өлмейди,
Тарийхқа жазып кеткен хат өлмейди.
Оқиў ой азығы,
Билим - ер азығы.
Өнери жоқ кисинин,
Мазасы жоқ исинин.
Жигитке қырқ өнер …
❤6👍3
6 May 2025, 05:01 UTC≈1,930 views5 reactionsread 7 August 2026 Қарақалпақларда нақыл-мақаллардың көплигине себеп не?
Түркийзибанларды нөкерлигигине байланыслы сонында сырткы душпанлардың аса күшлери, жаўызлыклары себепли көп-көп посыўшылықты бастан кеширген халқымыз өзлериниң батырлығын тәрийплеўши көп-көп әпсаналарын, рәўиятларын, дәстанларын, басып шығарыў имканияты болмағанлығы ушын оларды ядта саклап жүриў мақсетинде, өзлеринше, оғада қысқартып, даналық нақыл-макалларға айн…
👍5
26 Apr 2025, 14:51 UTC≈2,450 views6 reactionsread 7 August 2026 Video
Сәҳәрде турыўда берекет бар
¬Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳтан сорады:
- Неге қойлар бәрҳама пайдаланыў ҳәм қурбанлық ушын сойылса да қырылып кетпейди? Керисинше көбейиўде даўамый. Өзи қойлар жылына бир ямаса еки мәрте биреўден, гейде екеўден туўады. Бирақ ийтлер сойылмаса да, бир туўғанда онын туўса да көбеймейди. Қойлардай болып сүриў-сүриў болып кетпейди?
Ҳасан Басрий жуўап берди:
- Таңға жақын ўақыт ең берекетли ў…
👍5🏆1
14 Apr 2025, 15:16 UTC≈2,690 views14 reactionsread 7 August 2026 Ҳәкимшиликке қарсы дөрелген нақыл-мақаллар
Еки арба шеңгелден ҳәрем болмас,
Хийўаға неше барса да мәҳрем болмас.
Патшадан әдәлат кетсе,
Әскеринен айрылар.
Киси гәпине ерген,
Сүйгенинен айрылар.
Қар жаўмаған төбе жоқ,
Жаў шаппаған халық жоқ.
Төре билген, төреге бармайды,
Төре де өзиңдей киси.
Мың қойды бир қозы емеди,
Ол да сүтке жарымайды.
Өзи болған жигитке тәсил етпе,
Адамзаттың баласы ким болса да,
Жолда жат…
👍14
13 Apr 2025, 19:05 UTC≈2,600 views9 reactionsread 7 August 2026 Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери
Ийт жемес асынан дәме етеди,
Мурны қыймыл-қыймыл етеди.
Қарызың мыңға жетсе,
Мәйек бөрек же.
Жылағанның алдынан өкирген шығады,
Жығылғанның алдынан секирген шағады.
Елиңе келген екен бир мүсәпир,
Кисесин жулып алыпты бир кисапыр.
Адамның жаманы ҳайт күни өледи.
Жиллиниң бир айтқаны келмесе,
Бир айтқаны келеди.
@naqillar
👍6❤3
Showing the 12 most recent of 20 posts we hold for @naqillar. View and reaction counts are the latest single reading for each post, not a live figure, and a recent post is still accumulating both. A view count marked ≈ was rounded by Telegram before we ever saw it — t.me prints views in full below 1,000 and to three significant figures above, so ≈1,200,000 means somewhere between 1,150,000 and 1,249,999. Unmarked counts are exact. Text is reproduced from the public post preview and truncated for length.